설명
***
Үмитиңе қойылар ең соңғы ноқат –
сезимлер желкеңе етер аўырлық.
Жүрегиңди жулып алып көксиңнен
ылақтырғың келеди... Бирақ...
Шүкирлик етесең шарасызлықты
ең соңғы шара деп билип.
Ойларың бир сәт тоқтар ҳәрекетинен
демиккен қәлбиңниң дүт ҳаўасын жутар.
Қуўдаланып сезимлер тар көңлиңнен
сорып алғандай күшиңди –
диңкеңди қуртар.
Желкеңе аўырлық етип турған
сезимлер емес!
Өкиниш емес!
Аты жоқ бир туйғыға болғансаң тутқын.
Қанша көп жыласаң да өшпес
көкрегиңди күйдирген жалын.
Тербелип кетесең өлпең самалдан,
тартыныў заңы –
жоғалтқан күшин.
Мен емес!
Мен емес!
Инан!!!
Муҳаббат сеннен алмақта өшин...
Сенсизликтен бахыт тапқанман мен де
шарасызлықты
ең соңғы шара деп билип...
제외할 사항
minimalistlik uslubdagi oq qora rasm kerak
모델
openjourney-v4
이미지 만들기
이미지 편집
더 많은 기능으로 더 나은 품질의 출력물 얻기
프로 되기
ImageEditor.ai에 대해 친구들에게 알리기